Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.08.2021 11:40
  • 10821

Президент пәрманы тийкарында Қарақалпақстандағы бир топар мәмлекетлик уйымлар ҳәм социаллық-экономикалық тараўлардың хызметкерлери сыйлықланды

Президент пәрманы тийкарында Қарақалпақстандағы бир топар мәмлекетлик уйымлар ҳәм социаллық-экономикалық тараўлардың хызметкерлери сыйлықланды
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2021-жыл 25-августтағы «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетлик хызметкерлер және өндирислик ҳәм социаллық-экономикалық тараўлардың хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында төмендегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды:

«Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен ирригатор» ҳүрметли атағы менен

Разов Жеткербай Бектемирович – Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң қурылыс ҳәм реконструкция ислери бойынша механизация базасы экскаватор машинисти;

«Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен транспорт хызметкери» ҳүрметли атағы менен

Уразбаев Оңалбай Теңелович – «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң 279-жол машина станциясы машинисти;

«Эл-юрт ҳурмати» ордени менен

Қошымбетова Қутлы Абдуллаевна – Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйыны баслығы;

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Сайымбетов Пердебай Жумамуратович – Шымбай районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы автогрейдершиси;

Сариев Қаҳраман Раматуллаевич – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы;

«Дўстлик» ордени менен

Абдижаббаров Турсынбай – Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары;

Ибрагимов Қуўатбай Турғанбаевич – Нөкис қалалық телекоммуникациялық байланыс инженери;

Нахипов Ақбай Арипбаевич – Нөкис районындағы «Қарақалпақ қурылыс-монтаж басқармасы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы;

Халилаев Фахратдин Садуллаевич – «Тақыятас ыссылық электр станциясы» акционерлик жәмийетиниң бас директоры;

«Содиқ хизматлари учун» медалы менен

Йўлдашев Султонбой Ражапбаевич – Әмиўдәрья районы ҳәкими;

Матмуратов Батыр Джолдасович – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары;

Реймов Хамид Жолдасбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы «Қуўанышжарма» ирригациялық системасы басқармасының баслығы;

Утамбетов Дүйсенбай Уснатдинович – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экологиялық мәселелер комитетиниң баслығы;

Утамбетов Узақберген Тилеўимбетович – Қараөзек районы ҳәкими;

«Жасорат» медалы менен

Дәўлетярова Паршагүл Муратбаевна – Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийетиниң баслығы;

«Шуҳрат» медалы менен

(100 жастан өткенлер)

Жақсымуратова Алтын – Кегейли районы;

«Шуҳрат» медалы менен

Айтбаев Шерзод Азадович – Төрткүл районындағы «Төрткүл топырағы» шаңарақлық кәрханасының баслығы;

Аширов Ёқуббой Хожамуратович – Әмиўдәрья районындағы «Ёқуббой Аширов» фермер хожалығының баслығы;

Бабажанов Нызамжан Атажанович – «Үстирт излеў-бураўлаў басқармасы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң бураўлаў устасы;

Гайпов Әскербай Сәрсенбаевич – «Қанлыкөл агросервис машина-трактор парки ҳәм интегралластырылған сервис орайы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң «Магнум» операторы;

Ганибаев Маъмуржон Жангабаевич – «Үстирт излеў-бураўлаў басқармасы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети директорының геологиялық жумыслар бойынша орынбасары;

Жийемуратов Тлеўбай Теңелович – Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң Мойнақ районлық инспекциясы баслығы;

Сабиров Қуралбай Пердебаевич – «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң Қоңырат жол аралығы жол устасы;

Таджиддинов Айбек Таджимуратович – «Үстиртгаз» қазып шығарыў басқармасының «Шығыс Бердақ» участкасы устасы;

Таңирбергенов Муратбек Манибекович – Нөкис қаласындағы «Муратбек-мебель» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы;

Хабибуллаев Бахытжан Сагидуллаевич – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри;

Юсупов Теңизбай Көкленович – Бозатаў районындағы «Бозатаў» мәмлекетлик тоғай хожалығының шопаны.

Karinform.uz

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко