Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.09.2021 17:38
  • 764

Прокуратура имаратында жүз берген өрт бойынша рәсмий мағлыўмат берилди

Прокуратура имаратында жүз берген өрт бойынша рәсмий мағлыўмат берилди
Бүгин, 1-сентябрь күни саат 14:30 лар шамасында Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы имаратының 3-этажының балконында өрт келип шыққан.

Өрт бойынша келип түскен хабар бойынша Нөкис қалалық Айрықша жағдайлар бөлими Өрт өшириў экипажы ўақыя орнына жетип келип, өртти қысқа ўақытта өширген. Бул ҳаққында ҚР Прокуратурасы хабар берди.

Өрттиң келип шығыўына электр сымының қысқа тутасыўы себеп болғаны болжанбақта.

Өрт ақыбетинде балконның төбесиниң 4 квадрат метри зыянланған, дене жарақатын алғанлар жоқ.

Жүз берген жағдай бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Karinform.uz

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз