Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.09.2021 13:57
  • 1172

Пахта терими ушын минимал тарифлер жәрияланды

Пахта терими ушын минимал тарифлер жәрияланды

Быйылғы пахта жыйын-терими мәўсиминде қолда терилген 1 килограмм пахта ушын биринши теримде 1200 сумнан, екинши теримде 1500 сумнан кем болмаған муғдарда мийнет ҳақы төлеў белгиленди.

Мәлим болыўынша, Жиззақ, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларының барлық районларында және Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларының шетки районларында қолда терилген ҳәр бир килограмм пахта шийки заты ушын республикалық бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан 230 сумнан үстеме ҳақы төлениўи тәмийинленеди.

Сондай-ақ, кластерлер өзлерине бириктирилген аймақларда терим пулын еркин түрде белгилеўи, яғный усыныс етилип атырған баҳалардан жоқары муғдарда ҳақы төлеўи де мүмкин.

Атап өтилиўинше, пахта-тоқымашылық кластерлери тәрепинен бириктирилген жумыссыз пуқаралардан ибарат терим отрядларының басшыларына мәўсим жуўмақланыўына шекем 2 миллион сумнан мийнет ҳақы да бериледи.

18 жасқа толмаған пуқаралар, жоқары оқыў орынларының студентлери, бюджет ҳәм бюджеттен тыс ямаса хожалық есабындағы шөлкемлердиң хызметкерлери және әскерий хызметкерлерди терим жумысларына – улыўма ҳәр қандай мәжбүрий мийнетке тартыў қатаң түрде қадаған етиледи.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал