Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.09.2021 14:24
  • 635

Киберқәўипсизлик орайы «UzCard» төлеў системасы қарыйдарларын ескертеди!

Киберқәўипсизлик орайы «UzCard» төлеў системасы қарыйдарларын ескертеди!
ӨзР Ишки ислер министрлиги Киберқәўипсизлик орайы тәрепинен өткерилген интернет мониторинги даўамында, глобаллық тармақтағы алдаўшылар тәрепинен өзлериниң жынайый мақсетлерин әмелге асырыў ушын «Бирден-бир улыўма республикалық процессинг орайы (UzCard)»ның өтирик веб-сайты (силтемеси: https://uz-investt.space) жумыс алып барып атырғаны анықланған.

Усы «фейк» веб-сайт арқалы «UzCard Investment» жойбары шеңберинде миллий банк хызметлериниң белсенди пайдаланыўшыларына бир мәртелик 994 мың 558 сум муғдарында компенсация төлениўи, буның ушын пайдаланыўшылардың жеке ҳәм банк пластик картасының мағлыўматлары, телефон номерин және SMS-хабар тәризинде келген тастыйықлаў кодын киргизиўи талап етиледи.
Киберқәўипсизлик орайы «UzCard» төлеў системасы қарыйдарларын ескертеди!
Ақыбетинде, көп муғдардағы қаржыға ийе болыў нийетинде болған пайдаланыўшы тастыйықлаў кодын «фейк» ресурсқа киргизиўи менен тармақтағы алдаўшы тәрепинен банк пластик картасын басқарыў ҳуқықының қолға киргизилиўине ҳәм ондағы қаржылардың нызамға қайшы тәризде ийелениўине шараят жаратады.

Сонлықтан, ИИМ Киберқәўипсизлик орайы барлық интернет пайдаланыўшыларының, әсиресе, «UzCard» төлеў системасы қарыйдарларының усы «фейк» веб-сайттың нызамға қайшы жумысларынан абайлы болыўы, төлеў системаларынан пайдаланып атырғанда болса, олардың рәсмий веб-сайтларында усыныс етилген хызметлерге мүрәжат етиўин сораған.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы