Telegram karinform

Мәденият

  • 17.09.2021 15:28
  • 1075

Нөкисте II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы шеңберинде қандай илажлар өткерилиўи белгиленген?

Нөкисте II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы шеңберинде қандай илажлар өткерилиўи белгиленген?
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 10-апрельдеги «II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалына таярлық көриў ҳәм бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, усы жылдың 17-20-сентябрь күнлери Нөкис қаласында II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы болып өтпекте.

Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласына фестиваль мүнәсибети менен көплеген мәмлекетлерден бақсылар, туристлер ҳәм басқа да мийманлар келмекте. Бул болса дүнья жүзинде усы көркем өнер ҳәм елимизге болған қызығыўшылар қатарының көбейип атырғанынан дәрек береди.

Соңғы мағлыўматларға қарағанда, халықаралық фестивальға дүньяның 22 мәмлекетинен 100 ден аслам қатнасыўшы ҳәм мийманлар, соның ишинде, ЮНЕСКО, ТУРКСОЙ сыяқлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, абыройлы мийманлар, жергиликли мәдений мийрас, илим, көркем өнер ҳәм басқа да тараўлардың экспертлери және ғалаба хабар қураллары ўәкиллери келген.

Пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи әтирапындағы қыябанда Өзбекстанның ҳәр бир ўәлаятының өзине тән миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлери, тарийхый естеликлерин сәўлелендириўши көргизбели стендлери орнатылған. Бул жерде сахналық көринислер, миллий қосықлар, аяқ-ойынлар, дәстанлар атқарылып, фестиваль мийманлары ушын байрам нәпеси гезбекте.
Нөкисте II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы шеңберинде қандай илажлар өткерилиўи белгиленген?
Нөкис қаласындағы орайлық амфитеатрда II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалының салтанатлы ашылыў мәресими ҳәм концерт бағдарламасы болып өтиўи жобаластырылған.

Сондай-ақ, 18-сентябрь күни фестиваль шеңберинде Нөкис қаласындағы Опера ҳәм бақсышылық көркем өнери мектеп-интернатында «Бақсышылық көркем өнериниң дүнья мәденияты цивилизациясында тутқан орны» атамасында халықаралық илимий-теориялық конференция өткерилиўи белгиленген. Конференцияға жергиликли ҳәм сырт елли илимпазлар, бақсышылық көркем өнериниң тулғалары қатнасыўы күтилмекте.
Нөкисте II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы шеңберинде қандай илажлар өткерилиўи белгиленген?
18-19-сентябрь күнлери Нөкис қаласындағы амфитеатрда Халықаралық бақсышылық көркем өнери таңлаўы болып өтеди. Таңлаўға қатнасатуғын сырт елли ҳәм жергиликли қатнасыўшылардың қәбилетлерин сырт елли ҳәм жергиликли қәнигелерден ибарат төрешилер қурамы баҳалап барады.

Сондай-ақ, фестиваль шеңберинде қатнасыўшылар ҳәм мийманлар ушын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Халық ушын» миллий операсы сахналастырылып, Мойнақ районындағы мәдений мийрас объектлерине экскурсия шөлкемлестириледи.

Фестиваль жуўмағы ҳәм жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими 20-сентябрь күни Нөкис қаласындағы орайлық амфитеатрда болып өтеди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
М.Ҳәбийбуллаевтың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...