Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.09.2021 14:27
  • 772

Нөкис қаласы және 4 район ушын «Volkswagen Caddy» медициналық тез жәрдем автомобильлери тапсырылды

Нөкис қаласы және 4 район ушын «Volkswagen Caddy» медициналық тез жәрдем автомобильлери тапсырылды
Ҳәммемизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 27-майдағы тийисли Қарарына муўапық, республикамыз қыстаўлы медициналық жәрдем хызмети ушын жаңа ҳәм заманагөй маркадағы тез жәрдем автомашиналарын сатып алыў белгиленген еди.

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў, көрсетилип атырған тез жәрдем сапасын жақсылаў ҳәм оны халыққа және де жақынластырыў мақсетинде ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы Қәнигелестирилген автотранспорт кәрханасына 10 дана жаңа «Volkswagen Caddy» медициналық тез жәрдем автомобили ажыратылған.
Нөкис қаласы және 4 район ушын «Volkswagen Caddy» медициналық тез жәрдем автомобильлери тапсырылды
Бүгин усы тез жәрдем автомобиллерин ҚР Денсаўлықты сақлаў министри Мурад Қурбанов өз басқарыўшыларына салтанатлы тәризде тапсырды. Бул ҳаққында министрликтиң мәлимлеме хызмети хабар берди.
Нөкис қаласы және 4 район ушын «Volkswagen Caddy» медициналық тез жәрдем автомобильлери тапсырылды
Мәлим етилиўинше, бул автомобильлер Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай районлары ҳәм Нөкис қаласы тез жәрдем бөлимлеринде өз жумысын баслайды. Сондай-ақ, кәрхана қурамында жәми 128 «Damas» маркалы автомашина хызмет көрсетип турған болса, олар басқышпа-басқыш «Volkswagen Caddy» медициналық тез жәрдем автомобилине алмастырылып барылады. Сол арқалы, барлық районлар жаңа автомобильлер менен толық тәмийинленеди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған