Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.10.2021 14:13
  • 639

Әдиўли кәсип ийелери бәрқулла ҳүрмет ҳәм итибарда: НМПИде пидайы оқытыўшылар сыйлықланды

Әдиўли кәсип ийелери бәрқулла ҳүрмет ҳәм итибарда: НМПИде пидайы оқытыўшылар сыйлықланды
1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы елимиз бойлап көтериңки руўхта белгиленбекте. Барлық билимлендириў орынлары сыяқлы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында да машақатлы ҳәм мақтанышлы кәсип ийелери – оқытыўшы ҳәм устазлар байрамына арналған салтанатлы илаж болып өтти.

Илажда институт ректоры Байрамбай Отемуратов ең уллы кәсип ийелери есапланған педагогларды байрам менен қызғын қутлықлап, елимиз жасларының жоқары билим алыўы, илим жолында ерисип атырған үлкен нәтийжелери менен қутлықлады, алдағы жумысларында табыслар тиледи.
Әдиўли кәсип ийелери бәрқулла ҳүрмет ҳәм итибарда: НМПИде пидайы оқытыўшылар сыйлықланды
Атап өтилгениндей, бүгин елимиз раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў, Үшинши Ренессанстың тырнағын қалайтуғын жасларды тәрбиялаў – баслы ўазыйпалардың бири. Усындай раўажланыўға тийкар салатуғын жаслар болса, олардың илим ҳәм билимли, жоқары тәжирийбели болып жетисиўине тийкар болатуғын, әлбетте, муғаллимлер, устазлар, оқытыўшылар болып есапланады.

Соңғы жылларда билимлендириўдиң барлық басқышлары сыяқлы жоқары билимлендириўге болған итибар ҳәм ғамқорлықлардың нәтийжесинде елимизде жаслардың жоқары билим алыўға болған талабы артып, қабыллаў көрсеткишлери де жыл сайын көбейтилмекте. Бунда, әлбетте, жоқары оқыў орынларында мийнет етип атырған профессор-оқытыўшыларға болған талаптың да жоқары екенлиги, олардың мийнет ҳақыларының орташа 25 процентке көтерилгенлиги, соның менен бирге, илимий-изертлеў жумысларында жоқары көрсеткишлерге ерисип киятырған педагогларды хошаметлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың әҳмийети үлкен.
Әдиўли кәсип ийелери бәрқулла ҳүрмет ҳәм итибарда: НМПИде пидайы оқытыўшылар сыйлықланды
Усындай итибардың нәтийжесинде Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты көрсеткишлери де жыл сайын жоқарылап, республикамыз көлеминде үлгили нәтийжелерге ерисилип атырғанын атап өтиў орынлы. Ҳәзирги ўақытта институтта улыўма 510 профессор-оқытыўшы келешек әўладларға илим-билим сырларын үйретип киятырған болса, соннан 23 оқытыўшы илим докторы (DSc), 163 и болса илим кандидатлары (PhD) есапланады. Бүгинги күнге келип институттың илимий потенциалы 36,5% ти қурамақта.
Әдиўли кәсип ийелери бәрқулла ҳүрмет ҳәм итибарда: НМПИде пидайы оқытыўшылар сыйлықланды
Байрам илажында усындай пидайы профессор-оқытыўшылар қатарында быйылғы байрам қарсаңында институттың өзбек әдебияты кафедрасының профессоры Каримбай Қурамбаевтың Президентимиз пәрманы тийкарында «Фидокорона хизматлари учун» ордени менен, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық, институттың рус тили ҳәм әдебияты кафедрасының профессоры Қутлымурат Қощанов «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атағы менен, сондай-ақ, дене тәрбиясы кафедрасының аға оқытыўшысы Азат Казаковтың «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланғаны «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамына мүнәсип саўға болғанлығы атап өтилди. Соның менен бирге, байрам қарсаңында докторлық диссертацияларын табыслы қорғаған, профессорлық, доцентлик атақларына ерискен бирнеше профессор-оқытыўшылар айрықша тилге алынды.
Әдиўли кәсип ийелери бәрқулла ҳүрмет ҳәм итибарда: НМПИде пидайы оқытыўшылар сыйлықланды
Институт ректоры илажда көп жыллардан берли тараўда пидайылық көрсетип, аянбай мийнет етип, жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған бир топар профессор-оқытыўшылар, педагог хызметкерлерге Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң жеке миннетдаршылық хатлары, ҳүрмет жарлықларын тапсырды.

Илажға қатнасқан тараў хызметкерлерине институт ректораты ҳәм кәсиплик аўқамының ҳүрмет жарлықлары, қымбат баҳалы саўғалары тапсырылды.
Әдиўли кәсип ийелери бәрқулла ҳүрмет ҳәм итибарда: НМПИде пидайы оқытыўшылар сыйлықланды
Өз гезегинде, профессор-оқытыўшылар сөзге шығып, олардың жумысларын бәрқулла есапқа алып, турақлы итибар ҳәм ғамқорлықлар көрсетип киятырған елимиз басшыларына миннетдаршылығын билдирип, исенимди еле де ақлаў жолында пидайы хызмет ететуғынлығын билдирди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Уқсас жаңалықлар

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

    1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң my.gov.uz дағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады,

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

    Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport