Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.10.2021 18:09
  • 611

Қарақалпақстанда жылытыў мәўсими 6-октябрьден басланады

Қарақалпақстанда жылытыў мәўсими 6-октябрьден басланады
Республикамыз аймағында ҳаўа райының кескин суўытыўы, әсиресе, түнги ўақытлары ҳаўа райының нормадан 5-7 градусқа төмен болыўы бақланып атырғанына байланыслы авариялық жағдайлардың алдын алыў, социаллық тараў имаратларында зәрүр температураны сақлаў, тутыныўшыларды ыссылық энергиясы ҳәм жетерли муғдарда тәбийғый газ бенен тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы аймағында 2021-2022-жыллар ушын жылытыў мәўсими 2021-жыл 6-октябрьден басланыўы белгиленди. Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети хабар берди.

Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңесиниң арнаўлы бийлиги қабыл етилип, тийисли тараў басшыларына 2021-2022-жыллар ушын жылытыў мәўсиминде тутыныўшыларды белгиленген тәртипте электр ҳәм ыссылық энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы, суйық ҳәм қатты жанылғы менен турақлы түрде тәмийинлеў ўазыйпалары жүкленди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, өткен жылы республикамызда жылытыў мәўсими 10-октябрьден басланған еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити