Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.10.2021 18:02
  • 1504

35 километрлик жол енди 2 километр болды

35 километрлик жол енди 2 километр болды
Шоманай районы «Бирлешик» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы (Қарақалпақстанның 40 жыллығы бөлиминдеги) пуқаралар район орайына барыў ушын 35 километрлик жерден айланып, Шоманай арнасын кесип өтетуғын еди. Буған себеп, улыўма пайдаланыўдағы 4Н-38А автомобиль жолының 1,2 километринде жайласқан көпирдиң жарамсыз жағдайға келип қалғанлығы еди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 1-марттағы 21-санлы мәжилис протоколы тийкарында көпирде оңлаў жумыслары алып барылып, қайтадан қурылды ҳәм көпир үсти автомобиль жолына да жаңадан асфальт төселди. Ең баслысы пуқаралар 35 километр аралықтан айланбай, 2 километр жол жүрип район орайына шығып кете алатуғын болды, - деп жазбақта «Қарақалпақавтожол» баспасөз хызмети.

Көпирдиң салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасқан аўыл турғынлары, жасыүлкенлердиң қуўанышы шексиз. Енди мектепке қатнайтуғын оқыўшылар да бул көпирден қорқпай өте алады. Машқала унамлы шешимин тапты.
35 километрлик жол енди 2 километр болды
35 километрлик жол енди 2 километр болды

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте