Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.10.2021 11:57
  • 625

Россиядан Өзбекстанға жолаўшы поездиниң арнаўлы рейслери жолға қойылады

Россиядан Өзбекстанға жолаўшы поездиниң арнаўлы рейслери жолға қойылады
Пандемия шараятында Россия мәмлекетинде қалған жерлеслеримизге елимизге жетип келиўи ушын қолайлық жаратыў мақсетинде «Өзбекстан темир жоллары» АЖ тәрепинен «Волжский-Ташкент» жөнелисинде 483-санлы жолаўшы поездиниң 4 арнаўлы рейси жолға қойылады. Бул поездлар 2021-жыл 22-, 25-, 29-октябрь ҳәм 1-ноябрь күнлери саат 20:57 де «Волжский-Ташкент» жөнелисинде ҳәрекетленеди.

Бул поездларға тек ғана бир тәрепке, яғный «Волжский-Ташкент» жөнелисинде билетлер сатылады. Билетлерди электрон тәризде де сатыў жолға қойылған. Россиядағы пуқараларымыздың жақынлары Өзбекстан турып, олардың шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң нусқасы менен «Өзбекстан темир жоллары» АЖ веб-сайты – e-ticket.railway.uz арқалы билетлерди электрон тәризде сатып алып, жибериўине де болады.

Қосымша мағлыўматларды орынлардағы темир жол кассалары ҳәм мағлыўматлар бюросынан алыў мүмкин.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.