Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.10.2021 12:16
  • 614

Нөкистен Шоманайға автобус қатнаўы қайта тикленди

Нөкистен Шоманайға автобус қатнаўы қайта тикленди
Шоманай районы турғынлары пайтахт Нөкис қаласынан қатнайтуғын автобус рейслери тоқтап қалғаны ҳәм қайта тиклениўине жәрдем бериўин сорап еткен мүрәжаты Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен үйренип шығылды.

Министрликтиң мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, үйрениў даўамында «Нөкис-Шоманай-Нөкис» жөнелисиндеги автобус қатнаўы жолаўшылар ағымының аз болыўына байланыслы транспорт сарплаған қәрежетлерин қапламағы себепли тоқтап қалғаны мәлим болды.

Министрлик тәрепинен халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде «Автотранс Шымбай» мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен «Нөкис-Шоманай-Нөкис» жөнелисинде қатнаў ушын еки дана автобус жолға қойылды.

Хабарда жазылыўынша, егер жолаўшылар ағымы көбейетуғын жағдайда автобуслардың санын көбейтиў имканиятлары бар. Сондай-ақ, усы жөнелис бойынша микроавтобусларды жолға қойыў жобаластырылған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан