Telegram karinform

Мәденият

  • 19.10.2021 18:27
  • 931

Қарақалпақстанда Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты күнлери болып өтеди

Қарақалпақстанда Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты күнлери болып өтеди
Әзербайжан Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы жанындағы Ҳайдар Алиев атындағы Әзербайжан мәденияты орайының басламасы менен 20-21-октябрь күнлери Нөкис қаласында Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты күнлерин өткериў жобаластырылған.

ҚР Туризм ҳәм спорт бас басқармасы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, 28 адамнан ибарат болған делегация ағзалары 20-октябрь күни Нөкис халықаралық аэропортында салтанатлы түрде күтип алынады.

Еки күнлик илаж шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты музейинде телекөрсетиўди сүўретке алыў, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхат, делегация ағзаларының республикамыз ҳүкимети ағзалары менен ушырасыўы, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты күнлериниң ашылыў мәресими ҳәм концерт бағдарламасы, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Ҳайдар Алиев атындағы Әзербайжан әдебияты ошағы» мүйешиниң ашылыўы ҳәм оқыўшылар және студентлер менен ушырасыўлар өткерилиўи жобаластырылған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында