Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.10.2021 18:49
  • 766

Өзбекстан мусылманлары басқармасының баслығы – муфтий сайланды

Өзбекстан мусылманлары басқармасының баслығы – муфтий сайланды
Бүгин, 19-октябрь күни Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар Кеңесиниң кеңейтилген мәжилиси болып өтти. Онда шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Ташкент қаласы бас имам-хатиби болып ислеп атырған Нуриддин Холиқназаров Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий лаўазымына сайланды. Бул ҳаққында «Nasiyat.uz» каналы хабар берди.

Нуриддин Холиқназаров 1968-жылы Әндижан ўәлаяты Асака қаласында туўылған. 1992-жыл Бухара ўәлаятындағы Мир Араб медресеси, 1998-жыл Имам Бухарий атындағы Ташкент ислам институтын, 2007-жылы болса Ферғана мәмлекетлик университетин табыслы тамамлаған.

Мийнет жолы даўамында Асака қаласындағы «Аҳмадали махдум» мешити имам-хатиби, Ташкент қаласы «Оқ тепа» жәмәәтлик мешити имам-хатиби, Ташкент қаласындағы «Кўкалдош», Әндижан ўәлаятындағы «Саййид Муҳйиддин махдум» медреселери оқытыўшысы, Әндижан ўәлаяты бас имам-хатиби ҳәм 2019-жылдан усы күнге шекем Ташкент қалалық бас имам-хатиби ўазыйпаларында мийнет етип келген.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан мусылманлары басқармасының буннан алдынғы баслығы, муфтий Усманхан Алимов усы жылдың 15-август күни 71 жасында қайтыс болған еди.

Ол 2006-жылдан берли Өзбекстан мусылманлары басқармасының баслығы, муфтий лаўазымында ислеп киятырған еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет