Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.10.2021 16:40
  • 724

Министрлик «супер контракт» ҳәм 10 процентлик шегирме бойынша әҳмийетли хабарды жәриялады

Министрлик «супер контракт» ҳәм 10 процентлик шегирме бойынша әҳмийетли хабарды жәриялады
Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен 2021-2022-оқыў жылында студентликке усыныс етилмеген, бирақ еселенген төлемли контракт («супер контракт») тийкарында оқыў нийетин билдирген абитуриентлер ушын төлемлерди төлеўге рухсат берилди. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

Усы категориядағы абитуриентлер t-kontrakt.edu.uz платформасы арқалы онлайн тәризде ямаса тийисли жоқары оқыў орынларына тиккелей мүрәжат еткен ҳалда төлемли контракт шәртнамасын рәсмийлестириўи мүмкин.

Төлемлерди төлеў мүддети 2021-жыл 20-ноябрьге шекем етип белгиленди.

Бунда төлемниң 50 проценти төленген жағдайда абитуриентти студентликке усыныс етиў бойынша жоқары оқыў орны басшысының буйрығы рәсмийлестириледи.

Коронавирус инфекциясына қарсы шаншылған студентлерге шегирме бериў мүддети узайтылды

Көпшиликке белгили, республикамыздағы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған ҳәм 2021-жыл 1-ноябрьге шекем коронавирус инфекциясына қарсы вакцина алған студентлерге 2021-2022-оқыў жылы ушын белгиленген стипендия қосылмаған базалық төлемли контракт суммасына бир мәртелик 10 процентлик шегирме (бонус) белгиленген еди.

Буннан былай усы мүддет узайтылған ҳалда 15-ноябрьге шекем коронавирус инфекциясына қарсы вакцина алған ҳәм сертификат тапсырған барлық студентлерге стипендиясыз базалық төлемли контракт суммасына бир мәртелик 10 процентлик шегирме бонусы бериледи.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...