Telegram karinform

Сиясат

  • 24.10.2021 12:51
  • 704

Франция ҳәм АҚШтан келген қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанда

Франция ҳәм АҚШтан келген қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанда
1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясына халықаралық бақлаўшылар келиўи даўам етпекте. Франция мәмлекетинен келген халықаралық бақлаўшылар Эммануэль Дюпью, Гай Оливер Фаур ҳәм Жан-Антон Дупрат мырзалар, сондай-ақ, Америка Қурама Штатларынан келген қысқа мүддети халықаралық бақлаўшы Мелиса Эспости ханым 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы У.Жалменов пенен ушырасып, Қарақалпақстанда сайлаў процесиниң барысы менен байланыслы мағлыўматларға ийе болды.
Франция ҳәм АҚШтан келген қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанда
Халықаралық бақлаўшыларға Қарақалпақстанда улыўма 1 миллион 45 мың 352 сайлаўшы дизимге алынғанлығы, соннан 42 мың 587 сайлаўшы биринши мәрте даўыс беретуғынлығы, өткерилип атырған Президентлик сайлаўының әҳмийети ҳәм өзгешеликлери ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.
Франция ҳәм АҚШтан келген қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанда
- Мен жетинши мәрте Өзбекстандағы сайлаў процесслеринде халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасып атырман. Буннан алдынғы сайлаўлар да жоқары шөлкемлескенлик пенен өткен еди. Быйылғы Президентлик сайлаўы да Өзбекстанда биринши мәрте Сайлаў кодекси тийкарында, сондай-ақ, пандемия шараятында өтип атырғанлығы менен әҳмийетли. Президентлик сайлаўына жоқары дәрежеде таярлықлар көрилгенлигин атап өтиўимиз керек, - дейди Франция мәмлекетинен келген халықаралық бақлаўшы Жан-Антон Дупрат мырза.

Халықаралық бақлаўшылар ҳәм ҒХҚ ўәкиллериниң Қарақалпақстан Республикасына келиўи даўам етпекте.
Франция ҳәм АҚШтан келген қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанда
Франция ҳәм АҚШтан келген қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанда
Франция ҳәм АҚШтан келген қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанда

1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының Баспасөз орайы.
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...