Telegram karinform

Сиясат

  • 24.10.2021 23:30
  • 769

Даўыс бериў жуўмақларына байланыслы брифинг өткерилди

Бүгин Өзбекстан Республикасы Президентлигине сайлаў бойынша елимиздеги барлық сайлаў участкаларында даўыс бериў саат 20:00 де өз жуўмағына жетти.
Даўыс бериў жуўмақларына байланыслы брифинг өткерилди
1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясында даўыс бериў жуўмағына байланыслы брифинг өткерилди. Онда округлик сайлаў комиссиясының баслығы У.Жалменов дәслепки мағлыўматларға қарағанда дизимге алынған 1 миллион 45 мың 352 сайлаўшының 80 проценттен асламының сиясий мапазға қатнасқанлығын ҳәм бул процесс халықаралық бақлаўшылар тәрепинен гүзетилип барылғанлығын, сондай-ақ, сайлаў процесинде карантин қағыйдаларына жоқары дәрежеде әмел етилгенлигин атап өтти.
Даўыс бериў жуўмақларына байланыслы брифинг өткерилди
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстанда сайлаў процесслери болып өткен барлық қала ҳәм районлардағы сайлаў участкаларында тийисли тәртипте сайлаў жуўмақларына байланыслы протоколластырылған ҳүжжетлер 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясына жеткерилип атырғанлығы мәлим етилди.
Даўыс бериў жуўмақларына байланыслы брифинг өткерилди
Бул жерде округлик сайлаў комиссиясы ағзалары тәрепинен ҳүжжетлер тийисли тәртипте көзден өткерилмекте.

Бул процессти халықаралық бақлаўшылар бақлап бармақта.
Даўыс бериў жуўмақларына байланыслы брифинг өткерилди
Сайлаў жуўмақлары бойынша мағлыўматлар тийисли тәртипте жәрияланады.

1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының Баспасөз орайы.
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған