Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.11.2021 11:53
  • 729

Юридикалық университетке кириў тест сынақлары блогында өзгерис болады

Юридикалық университетке кириў тест сынақлары блогында өзгерис болады
Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетине оқыўға кириўде 2023-2024-оқыў жылынан баслап тест сынақларының 2-блогы, яғный юриспруденция бакалавриат тәлим бағдарына сәйкес пәнлер бойынша тарийх пәниниң орнына ҳуқықый пәнлерди киргизиў мәселеси университет кеңесинде көрип шығылды ҳәм мақулланды.

«Ҳуқуқий ахборот» каналының жазыўынша, бул усыныстың енгизилиўи бирнеше унамлы нәтийжелерге хызмет етеди, атап айтқанда:

- мектеп жасынан баслап балаларды ҳуқықый пәнлерди терең өзлестириўге, Конституция ҳәм нызамларды пуқта үйрениўге;
- мектеплерде сапалы, халықаралық стандартларға сәйкес юридикалық сабақлықлардың жаратылыўына;
- ҳуқықтаныў пәнлеринен билим беретуғын муғаллимлерге қойылатуғын талаплардың артыўы нәтийжесинде олардың қәнигелигин турақлы түрде арттырып барыў ушын беккем тийкар жаратылады;
- Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетине дәслепки ҳуқықый билимлерге ийе болған жас әўлад ўәкиллери кирип келиўине ерисиледи.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, ҳәзирги ўақытта Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетине оқыўға кириўде абитуриентлер 2 бөлимнен ибарат болған 5 пән комплексинен тест сынақларын тапсырады. Булар:

- 1-бөлимде барлық бағдарлар ушын мәжбүрий 3 пән – ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы;
- 2-бөлимде юриспруденция тәлим бағдары бойынша 2 пән – тарийх ҳәм шет тили пәнлери.

Қосымша етиў орынлы, ҳәзирги ўақытта улыўма орта билим бериў мектеплеринде 4 жыл даўамында жоқары классларда Мәмлекет ҳәм ҳуқық тийкарлары және Конституциялық ҳуқық тийкарлары пәнлери оқытып келинбекте. Мәлим етилиўинше, тест сораўлары усы сабақлықлар тийкарында дүзиледи.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны