Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.11.2021 11:40
  • 782

Нөкисте «Cobalt» басқарыўшысы 57 жаслы пияданы дүгип кетти

Нөкисте «Cobalt» басқарыўшысы 57 жаслы пияданы дүгип кетти
Социаллық тармақларда Нөкис қаласы көшелериниң биринде жүз берген жол-транспорт ҳәдийсеси ҳаққында материаллар жәрияланған еди. ҚР Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызмети ўақыя бойынша рәсмий мағлыўмат берди.

Хабарда жазылыўынша, усы жылдың 1-ноябрь күни саат 11:30 лар шамасында Нөкис қаласы Өзбекстан гүзары (Төрткүл гүзары) бойындағы киши асфальт жолында Әмиўдәрья районында жасаўшы 1994-жылы туўылған пуқара Б.Ю. басқарыўындағы «Cobalt» маркалы автомобиль усы жолды кесип өтип атырған Нөкис қаласында жасайтуғын 1964-жылы туўылған пуқара Қ.Қ.ны дүгип кетиўи ақыбетинде жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берген.

Ўақыя ақыбетинде пуқара Қ.Қ. дене жарақатын алып, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайына жатқарылған.

Усы жағдай бойынша ҳәзирги ўақытта Нөкис қалалық Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы жанындағы тергеў бөлими тәрепинен тергеўге шекемги тексериў жумыслары алып барылмақта.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

    ЖТҲ айдаўшы басқарыўды жоғалтыўы нәтийжесинде жүз берген. Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким жарақат алмаған. Айрықша жағдайлар

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы