Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.11.2021 14:51
  • 780

Алдаўшылар пластик картадан пул урлаўдың жаңа усылларын қолланбақта

Алдаўшылар пластик картадан пул урлаўдың жаңа усылларын қолланбақта
Соңғы ўақытларда елимизде алдаўшылар тәрепинен пуқаралардың пластик карталары ямаса төлеў системасының мобиль қосымшасындағы есап бетинен пулларды урлаў жағдайлары көбеймекте.

«AntiFake.uz»дың жазыўынша, кибер алдаўшылар пул урлаўдың ҳәр қыйлы жолларынан пайдаланбақта. Мәселен, пуқараларға қоңыраў етип өзин банк ямаса қандайда бир шөлкемниң хызметкери сыпатында таныстырады, пластик карта ҳаққында мағлыўматларды сорайды. Пластик карта ҳаққындағы мағлыўматларды билип, ондағы бар пулларды өзлестирип алады.

Сондай-ақ, белгили саўда брендлери, интернеттеги излеў системаларының фейк сайтларының силтемесин келтирип, пластик карта номери мағлыўматларын киргизиўди көрсетип, пулларды өзлестириў жағдайлары да бақланған.

Пуқаралардан телефон номерине келген SMS-хабардағы тастыйықлаў коды, пластик карта ҳаққындағы мағлыўматларды алдаўшыларға бермеўин, сондай-ақ, төлеў системаларының фейк сайтларына киргизбеўин сорап, сергек болыўға шақырамыз.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте