Telegram karinform

Сиясат

  • 06.11.2021 16:06
  • 875

Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Президенти сыпатында ант қабыл етти

Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Президенти сыпатында ант қабыл етти
Бүгин, 6-ноябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Президентиниң өз лаўазымына кирисиўине арналған салтанатлы илаж болып өтти.

Илажға Олий Мажлис Сенаты ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, дипломатиялық корпус ўәкиллери, жергиликли ҳәм сырт елли ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Илажды Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низамходжаев ашты. Ол 24-октябрь күни болып өткен Президент сайлаўы демократиялық принциплер тийкарында, белсенди сиясий бәсеки орталығында өткенлигин атап өтти. Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан талабан Шавкат Миромонович Мирзиёев сайлаўшылардың 80,12 процент даўысы менен Өзбекстан Республикасы Президенти етип сайланғанын атап өтти.

Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы қатнасыўшылар атынан Шавкат Мирзиёевти қутлықлады ҳәм оған Өзбекстан Республикасы Президенти гүўалығын тапсырды.

Президент Өзбекстан Республикасы Конституциясының 92-статьясына муўапық, ант қабыл етти:

«Өзбекстан халқына садықлық пенен хызмет етиўге, республиканың Конституциясы ҳәм нызамларына қатаң әмел етиўге, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине кепиллик бериўге, Өзбекстан Республикасы Президенти миннетлемесине жүклетилген ўазыйпаларды ҳүжданым менен атқарыўға салтанатлы түрде ант беремен», - деди Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни жаңлады.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев алдағы бес жылға арналған баслы бағдарлар ҳаққында шығып сөйледи.

Karinform.uz.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...