Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.11.2021 11:54
  • 825

Бес жыллық мийнет стажына ийе болған пуқаралар жоқары оқыў орынларына сәўбет тийкарында қабыл етиледи

Бес жыллық мийнет стажына ийе болған пуқаралар жоқары оқыў орынларына сәўбет тийкарында қабыл етиледи
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 4-ноябрьдеги 675-санлы қарарына муўапық, экономикалық тармақларда кеминде бес жыллық мийнет стажына ийе болған пуқараларды сыртқы ҳәм кешки билимлендириў бағдарларына сәўбет нәтийжелерине бола еселенген төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыллаў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

Режеге муўапық, кеминде 5 жыллық мийнет стажына ийе пуқараларға сәўбет нәтийжелерине бола еселенген төлемли контракт тийкарында оқыўға кириў ушын усыныснама беретуғын министрлик, мәкеме ҳәм ири хожалық бирлеспелериниң дизими ҳәр жылы 1-июльға шекем тастыйықланып, ҒХҚда жәрияланады.

Министрлик, мәкеме ҳәм ири хожалық бирлеспелери ҳәр бир оқыў жылы ушын орайлық ҳәм аймақлық структуралары және система шөлкемлеринен 100 талабанға шекем усыныснама бериўи мүмкин.

Тийисли усыныснамаға ийе пуқаралар ҳәр жылы 20-июльдан 10-августқа шекем Мәмлекетлик тест орайының арнаўлы электрон системасы арқалы дизимнен өткериледи.

Сәўбет процеси ҳәр жылы 20-августтан 30-августқа шекемги болған мүддетте шөлкемлестириледи.

Нәтийжелерге муўапық, 100 баллық баҳалаў критериясында 55 балл ҳәм оннан жоқары балл топлаған абитуриентлер ЖОО ректоры (директоры)ның буйрығы тийкарында еселенген төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етиледи.

Усыныснамалар тек ғана берилген оқыў жылы ушын әмел етеди.

Реже жоқары әскерий ҳәм әскерийлестирилген билимлендириў мәкемелерине, Өзбекстандағы сырт еллердиң ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлерине және олардың филиалларына енгизилмейди.

Бул тәртип 2022-жыл 1-майдан баслап күшке киреди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған