Telegram karinform

Сиясат

  • 08.11.2021 17:19
  • 1442

Жоқарғы Кеңесте 2022-жыл ушын бюджет жойбарын додалаўға бағышланған мәжилис болып өтти

Жоқарғы Кеңесте 2022-жыл ушын бюджет жойбарын додалаўға бағышланған мәжилис болып өтти
8-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 2022-жыл ушын бюджет жойбарын додалаўға бағышланған мәжилис өткерилди. Бул ҳаққында Жоқарғы Кеңес баспасөз хызмети хабар берди.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги ўәкиллери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, тийисли министрлик ҳәм шөлкемлердиң басшылары, сондай-ақ, халық депутатлары қалалық, районлық Кеңеслериниң депутатлары, секретариат ҳәмде тийисли турақлы комиссиялары басшылары қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы Д.Қурбаниязов ашты ҳәм алып барды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында бюджет мағлыўматларының ашық-айдынлығын және-де арттырыў, жергиликли бюджетлердиң еркинлигин тәмийинлеў, бюджет қаржыларының қәлиплесиўи, олардың сарыпланыўы үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Жоқарғы Кеңесте 2022-жыл ушын бюджет жойбарын додалаўға бағышланған мәжилис болып өтти
Бул бойынша қабыл етилген Нызам ҳәмде Қарарлар бюджетти қәлиплестириўде жергиликли Кеңеслердиң ўәкилликлерин және де кеңейтпекте ҳәмде аймақлардың өзлери ушын қосымша резервлерин анықлаўға беккем тийкар болмақта.

Соңғы жыллары жергиликли бюджет қаржылары есабынан барлық қала ҳәм районларымызда кең көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта, көплеген социаллық тараў объектлери пайдаланыўға тапсырылмақта.

Өткен бес жыл даўамында жергиликли бюджет прогнозының артықша орынланған бөлеги есабынан ишимлик ҳәм ақаба суў тәмийнатын жақсылаў, усы объектлерде қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын 2018-2020-жылларда 8,5 млрд. сумлық, ишки жоллар ҳәм автомобиль жолларында қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў ушын 22,5 млрд. сумлық қаржылар ажыратылды.

Сондай-ақ, социаллық тараў объектлеринде қурылыс, реконструкция ҳәм капитал ремонт жумысларын алып барыў ушын 2017-2021-жылларда мектепке шекемги билимлендириў тараўына 64,3 млрд. сум, халық билимлендириў тараўына 71,8 млрд. сум, денсаўлықты сақлаў тараўына 50,1 млрд. сум, мәденият тараўына 20,5 млрд. сум ажыратылды.

Буннан тысқары, орынларда “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламаларында белгиленген илажларды әмелге асырыў ушын 194,7 млрд. сумлық қаржылар ажыратылды. Соның менен бирге, “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәмде “Жаслар дәптери”не кирген пуқараларға ҳәр тәреплеме әмелий жәрдемлер көрсетиў мақсетинде 37,7 млрд. сумлық қаржылар тийисли фондларға өткерип берилди.

Күн тәртибиндеги мәселе – Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2022-жылғы жергиликли бюджет параметрлери бойынша Өзбекстан Республикасы Финанс министриниң орынбасары Д.Султанов кең түрде түсиник берди.
Жоқарғы Кеңесте 2022-жыл ушын бюджет жойбарын додалаўға бағышланған мәжилис болып өтти
Депутатлар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал