Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.11.2021 16:56
  • 860

Студентлер «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде үлгили жумысларды әмелге асырмақта

Студентлер «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде үлгили жумысларды әмелге асырмақта
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген мәжилисте мәмлекетимиз бойлап «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў илажлары көрип шығылып, усы жылдың 10-декабрь күнине шекем терек егиў бойынша «әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланған еди.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти ҳәм студент жаслары усы ўазыйпалардан келип шығып 2-ноябрь күнинен баслап институт әтирапы, сондай-ақ, пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Дослық» каналы бойындағы бос жерлерге ҳәр қыйлы декоратив, мийўе ҳәм саялы терек нәллерин отырғызыў, жерлерди жабайы шөплерден тазалаў, абаданластырыў ҳәм көгалландырыў сыяқлы жумысларды атқарып келмекте.
Студентлер «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде үлгили жумысларды әмелге асырмақта
- Бүгин институтта шөлкемлестирилген Студентлер кеңеси ағзаларының басламасы менен институт әтирапына экология комитети тәрепинен усыныс етилген катальпа, павловния, япон сафорасы, қарағаш, тут ҳәм акация сыяқлы терек нәллерин отырғыздық, - дейди НМПИ жаслар жетекшиси Байрам Гүлимбетов. – «Әҳмийетли 40 күнлик» даўамында белгиленген жерлерге 20 мың түптен аслам терек нәллерин отырғызыўды мақсет еткенбиз.

Сондай-ақ, улыўма миллий жойбары шеңберинде даўам етип атырған илажлар барлық факультетлер көлеминде ҳәр күни әмелге асырылып атырған болып, институт жәмәәти ҳәм студентлери ана тәбиятымыздың гүллеп-жаснаўы, қоршаған орталықтың абаданласыўына мүнәсип үлеслерин қоспақта.
Студентлер «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде үлгили жумысларды әмелге асырмақта
Студентлер «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде үлгили жумысларды әмелге асырмақта

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...