Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.11.2021 11:01
  • 764

Қарақалпақстанда күшли самал болып, қар жаўыўы ҳаққында хабарландырыў жәрияланды

Қарақалпақстанда күшли самал болып, қар жаўыўы ҳаққында хабарландырыў жәрияланды
Усы жылдың 16-ноябрь күни Өзбекстанның арқа аймақларына, 17-18-ноябрь күнлери республиканың барлық аймақларына Волгабойы арқалы Россияның Европа аймағы (Москва областы) үстинде қәлиплескен ығал ҳәм суўық ҳаўа массасы кирип келеди. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

16-17-ноябрьде республика бойынша самалдың тезлиги 17-22 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте, базда 25-28 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин, айрым жерлерде шаңлы боран болады.

16-ноябрьде Қарақалпақстан Республикасында ҳәм Хорезм ўәлаятында, 17-ноябрьде Өзбекстанның басқа аймақларында жаўын-шашын (жаўын, қарға айланады) болады, 17-18-ноябрьде таў алды ҳәм таўлы аймақларда жаўын-шашын (жаўын, қар) айрым жерлерде күшли болады.

Республика бойынша температураның кескин төменлеўи күтилмекте. 16-17-ноябрьде арқа аймақларда, 17-18-ноябрьде Өзбекстанның басқа аймақларында температура түнде 5-8 градус суўық, күндизги ўақытларда 0-3 градус жыллыға шекем, Қарақалпақстанда түнде 12-15 градус суўық, күндизги ўақытларда 0-3 градус суўыққа шекем төменлейди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында