Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.11.2021 10:48
  • 536

Автомобиль жоллары қыс мәўсимине таярланбақта

Автомобиль жоллары қыс мәўсимине таярланбақта
Республикамыздың барлық аймақларында Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары бас басқармасы системасындағы мәкеме-кәрханалар тәрепинен улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары бойларына музғалаққа қарсы қум-дуз араласпасы себилмекте. Бул ҳаққында «Қарақалпақ Автожол» мәлимлеме хызмети хабар берди.

Қарлы-қыраўлы күнлерде пуқаралар ҳәм автомобиль басқарыўшыларының қәўипсизлигин тәмийнлеў, автомобиль жолларында музғалаққа (гололёд) қарсы барлық илажларды көриў бойынша орынларда таярлық жумыслары әллеқашан баслап жиберилген еди.

Таярлық жумыслары шеңберинде қум-дуз араласпасын себиў ушын қосымша қорларды жаратыў бойынша зәрүр болған барлық жумыслар әмелге асырылып атыр. Бул жумыслар техникалық қадағалаў, ал орынланған жумыслар болса қабыл етиў бөлими қәнигелери тәрепинен көрип шығылмақта.
Автомобиль жоллары қыс мәўсимине таярланбақта
Автомобиль жоллары қыс мәўсимине таярланбақта
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Транспорт басқарыўшылары автомашина сигналын қәлеген жерде басыўға ҳақлы емес

Транспорт басқарыўшылары автомашина сигналын қәлеген жерде басыўға ҳақлы емес

    Ҳүкиметтиң 172-санлы қарарына қосымша етип келтирилген «Жол ҳәрекети қағыйдалары»ның 48-бәнтине бола, даўыслы сигналлар тек ғана

Тақыятас ыссылық электр станциясы тәрепинен 2022-жылда неше киловатт электр энергиясы ислеп шығарылғаны мәлим етилди

Тақыятас ыссылық электр станциясы тәрепинен 2022-жылда неше киловатт электр энергиясы ислеп шығарылғаны мәлим етилди

    Өткен жылдың январь-декабрь айлары аралығында Тақыятас ыссылық электр станциясы ушын электр энергиясын ислеп шығарыў жобасы