Telegram karinform

Спорт

  • 18.11.2021 16:35
  • 749

Волейбол бойынша НМПИ қызлар сайланды командасы Өзбекстан суперкубогы жеңимпазы болыў ушын жарысқа түседи

Волейбол бойынша НМПИ қызлар сайланды командасы Өзбекстан суперкубогы жеңимпазы болыў ушын жарысқа түседи
Усы жылдың 19-20-21-ноябрь күнлери Ташкент ўәлаятының Алмалық қаласындағы «Металлург» спорт комплексинде волейбол бойынша Өзбекстан суперкубогы жарыслары болып өтеди.

Ҳаял-қызлар арасында өткерилетуғын жарыста бир неше мәрте Өзбекстан чемпионы ҳәм суперкубогы жеңимпазы болған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «НМПИ» қызлар сайланды командасы әзелий қарсыласы болған Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң «СКУФ» командасына қарсы ойнайды.

Мәлим болыўынша, ойынлар еки жеңиске шекем даўам етеди. Егер дәслепки еки ойында Өзбекстан суперкубогы қарама-қарсылығының жеңимпазы анықланса, соңғы үшинши ойын өткерилмейди ҳәм жарыс тоқтатылады.

Егер дәслепки еки ойыннан соң күшлер тең келип қалса, суперкубок жеңимпазы соңғы үшинши күнги ойында анықланады. Усы суперкубок жарыслары менен Өзбекстанда быйылғы жылғы волейбол мәўсими өз жуўмағына жетеди.

Биз өз гезегинде «НМПИ» қызлар сайланды командасына суперкубок жарысларында әўмет тилеп қаламыз!

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған