
Усы жылдың 18-ноябрь күни саат 15:55 те Қараөзек районы «Бердақ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «АКК МЕТАН OIL» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң автомашиналарға газ толтырыў компрессор станциясында газ толтырыў ўақтында Шымбай районы турғыны Б.Қ.ның басқарыўындағы «Матиз» маркалы автомашинасының газ баллонында жарылыў жүз берген.
«Тынышлық сақшысы» газетасының рәсмий каналында хабар берилиўинше, ўақыя ақыбетинде Шымбай районы турғыны С.А. ҳәм Қараөзек районы турғыны, «АКК МЕТАН OIL» ЖШЖ жумысшысы Ж.Д.лар дене жарақатын алып, емлеўханаға түскен.
Жарылыў ақыбетинде өрт келип шықпаған.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz