Telegram karinform

Спорт

  • 20.11.2021 13:21
  • 892

Хош хабар! НМПИ қызлар сайланды командасы волейбол бойынша Өзбекстан суперкубогы жеңимпазы болды

Хош хабар! НМПИ қызлар сайланды командасы волейбол бойынша Өзбекстан суперкубогы жеңимпазы болды
Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 19-20-ноябрь күнлери Ташкент ўәлаятының Алмалық қаласындағы «Металлург» спорт комплексинде волейбол бойынша Өзбекстан суперкубогы жарыслары болып өтти.

Ҳаял-қызлар арасында еки күн даўам еткен жарыста Өзбекстан кубогы жеңимпазы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «НМПИ» қызлар сайланды командасы Өзбекстан чемпионы, әзелий қарсыласы болған Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң «СКУФ» командасына қарсы ойнады.

Жарыстың дәслепки күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «НМПИ» қызлар сайланды командасы қарсыласларын 3:1 есабында жеңип шыққан болса, бүгин, 20-ноябрь күни болып өткен жарыстың екинши күнинде де «СКУФ» командасы қызларына ҳеш қандай имканият қалдырмады – есап 3:0.
Хош хабар! НМПИ қызлар сайланды командасы волейбол бойынша Өзбекстан суперкубогы жеңимпазы болды
– Елимизде спортты раўажландырыў, өсип киятырған жас әўлатды кәмил инсан етип тәрбиялаў, жас спортшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде жасларымыз республикалық ҳәм халықаралық спорт жарысларында жеңислерге ериспекте. Усы жылдың март айында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қахраман Сариевлер спортшы қызларымыз бенен ушырасып, олардың қолға киргизип атырған табыслары менен қутлықлап, саўғалар тапсырып, алдағы болатуғын жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисиўи ушын барлық зәрүр шараятларды жаратып бериўи усындай жеңислерге ерисиўимизде әҳмийетли болмақта, - дейди Қарақалпақстанға мийнети сиңген тренер, «Ўатан пидайысы» көкирек белгисиниң ийеси, спорт ветераны Азат Казаков.

Солай етип, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «НМПИ» қызлар сайланды командасы волейбол бойынша быйылғы жылғы Өзбекстан суперкубогы жеңимпазы болып, абсолют чемпионлыққа ерискен еди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, «НМПИ» қызлар сайланды командасы волейбол бойынша өткен жылғы мәўсимде де Өзбекстан чемпионаты ҳәм суперкубогы жарысларында жеңиске ерисип, абсолют чемпионлықты қолға киргизген еди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны