Telegram karinform

Экономика

  • 24.11.2021 16:20
  • 889

1-январьдан баслап Қарақалпақстандағы экспортшыларға товарларын Каспий теңизине шекемги тасыў қәрежетлери толық қаплап бериледи

1-январьдан баслап Қарақалпақстандағы экспортшыларға товарларын Каспий теңизине шекемги тасыў қәрежетлери толық қаплап бериледи
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Аралбойы регионында исбилерменликти жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муўапық, 2022-жыл 1-январьдан баслап 2031-жыл 1-январьға шекем Мойнақ районындағы жергиликли санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер тараўларындағы исбилерменлер ушын:

- пайда ҳәм дәрамат салығы, айланыстан алынатуғын және социаллық салықлар 1 процент;
- мүлк, жер ҳәм суўдан пайдаланыў ушын салық 1 процент етип белгиленди.

Сондай-ақ, усы пәрман тийкарында Қарақалпақстан Республикасы ушын мәмлекетлик бюджеттен тәмийинленетуғын инвестициялық жойбарлар кеминде 50 миллиард сум етип белгиленди.

2022-жыл 1-январьдан 2027-жыл 1-январьға шекем Аралбойы регионындағы:

- киши исбилерменликлерге кәрхана ушын зәрүр әсбап-үскенелерди алып келиў ҳәм олар ислеп шығарған өнимлерди басқа аймақларға жеткерип бериў менен байланыслы тасыў қәрежетлериниң 50 проценти қаплап бериледи;

- жергиликли экспортшылар ислеп шығарған өнимлерди экспорт етиўде, олардың Каспий теңизине шекемги тасыў менен байланыслы транспорт қәрежетлери толық қаплап бериледи.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...