Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.11.2021 17:11
  • 658

Кегейлиде Миллий гвардияға жумысқа киргизбекши болған алдаўшылар усланды

Кегейлиде Миллий гвардияға жумысқа киргизбекши болған алдаўшылар усланды
Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Кегейли районлық бөлими тәрепинен өткерилген оператив илажда пуқара М.Б. пуқара Р.ның исенимине кирип, таныслары арқалы оны Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы системасына жумысқа киргизиў ушын 5 000 АҚШ долларын алған ўақтында усланған. Оның көрсетпелери бойынша даўам еткен илажда шериги А.Қ. 5 000 АҚШ долларын алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланған.

Департамент мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық) ҳәм 28-, 211-статьясы (пара бериў) тийкарында жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған