Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.11.2021 14:59
  • 671

Жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациядан жығылған студентлерге ҳәр оқыў жылында имтиханды еки мәрте қайта тапсырыў ҳуқықы берилди

Жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациядан жығылған студентлерге ҳәр оқыў жылында имтиханды еки мәрте қайта тапсырыў ҳуқықы берилди
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң Өзбекстан Жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясы ҳаққындағы уставқа өзгерислер киргизиўди нәзерде тутатуғын буйрығы мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Усы тийкарда, жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациялық имтиханнан өте алмаған питкериўши кейинги ҳәр бир оқыў жылында (3 жыл даўамында) өз арзасына муўапық 2 мәртеге шекем имтиханды қайта тапсырыў ҳуқықына ийе.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, алдынғы тәртип бойынша питкериўши жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациялық имтиханынан өте алмаған жағдайда келеси жыллары қайта тапсырыў ҳуқықына ийе еди. Бул жағдай студент ушын бир қанша қыйыншылықлар, атап айтқанда, оның бир жыллық қымбатлы ўақтын мақсетли сарплай алмаўына себеп болып келген.

«Буннан былай студентлер тәрепинен қайта тапсырыў ҳаққындағы арзалар жыйналыўына қарай бир оқыў жылында еки мәртеге шекем мәмлекетлик имтиханларды қайта тапсырыў имканияты жаратылды», - деп жазылған Әдиллик министрлиги хабарында.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...