Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.11.2021 12:44
  • 946

Хожелиде жазаны орынлаў хызметиниң үш хызметкери қайтыс болды

Хожелиде жазаны орынлаў хызметиниң үш хызметкери қайтыс болды
Усы жылдың 26-ноябрь күни саат 00:10 ларда Қарақалпақстан Республикасы Хожели районы аймағынан өтетуғын А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 708-километринде ЖТҲ жүз берген. Бул ҳаққында ӨзР Ишки ислер министрлиги жанындағы Жазаны орынлаў департаменти мәлимлеме хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, жазаны орынлаў мәкемесиниң хызметкери И.И. хызмет орнынан өзи жасайтуғын үйине қайтып баратырған ўақытта өзине тийисли болған «Cobalt» маркалы автомашинасын басқарып баратырып, қарама-қарсы тәреплерди ажыратып туратуғын бетон тосыққа урылыўы ақыбетинде жол-транспорт ҳәдийсесине ушыраған.

Ҳәдийсе ақыбетинде транспорт қуралында болған жазаны орынлаў мәкемесиниң хызметкерлери М.Х. ҳәм Х.Х.лар аўыр дене жарақатын алып, ўақыя жүз берген орында, И.И. болса көрсетилген медициналық жәрдемге қарамастан Хожели районлық медициналық бирлеспесинде қайтыс болған.

Ҳәзирги ўақытта усы жағдай бойынша прокуратура уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў жумыслары алып барылмақта, деп жазылған департамент хабарында.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте