Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.12.2021 13:57
  • 626

Бирнеше мәмлекетлер менен халықаралық авиарейслер тоқтатылады

Бирнеше мәмлекетлер менен халықаралық авиарейслер тоқтатылады
Республикалық арнаўлы комиссияның жыйналысында жаңа жыл қарсаңында елимизде эпидемиологиялық жағдайдың турақлылығын сақлап қалыў ҳәм елимиз аймағына коронавирус инфекциясының жаңа «омикрон» штаммының кирип келиўине жол қоймаў бойынша бирнеше мәселелер көрип шығылды.

Комиссия қарарына муўапық, 2021-жыл 3-декабрьден баслап 2022-жыл 10-январьға шекем Қубла Африка Республикасы, Ботсвана, Намибия, Зимбабве, Мозамбик, Мадагаскар, Лесото, Эсватини, Танзания ҳәм Гонконг пенен халықаралық авиарейслер (кириў, шығыў ҳәм транзит рейслер арқалы республика аймағына кириў) тоқтатылады.

Усы мәмлекетлердиң пуқаралары ҳәм усы мәмлекетлерде турақлы жасайтуғын пуқаралығы болмаған адамлар, сондай-ақ, соңғы 14 күн даўамында жоқарыдағы мәмлекетлерде болған үшинши мәмлекет пуқаралары Өзбекстан Республикасы аймағына киргизилмейди.

Жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар усы мәмлекетлердеги эпидемиологиялық жағдайдан келип шыққан ҳалда олар менен халықаралық авиарейслерди басқышпа-басқыш тиклеў бойынша усыныс киргизип барыўы белгиленди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған