Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.12.2021 14:37
  • 715

Өзбекстан аймағына жаңа «омикрон» штаммының кирип келиўине жол қоймаў мақсетинде бирнеше жаңа тәртип ҳәм шеклеўлер белгиленди

Өзбекстан аймағына жаңа «омикрон» штаммының кирип келиўине жол қоймаў мақсетинде бирнеше жаңа тәртип ҳәм шеклеўлер белгиленди
Республикалық арнаўлы комиссияның жыйналысында жаңа жыл қарсаңында елимизде эпидемиологиялық жағдайдың турақлылығын сақлап қалыў ҳәм елимиз аймағына коронавирус инфекциясының жаңа «омикрон» штаммының кирип келиўине жол қоймаў мақсетинде бирнеше жаңа тәртип және шеклеўлер белгиленди.

Атап айтқанда, буннан былай сырт еллерден Өзбекстан Республикасына келиўшилер:

- елимизге кирип келиўинен кеминде 72 саат алдын тапсырылған коронавирус инфекциясына ПШР тест нәтийжеси бойынша терис көрсеткишке ийе мағлыўматнамаға ийе болыўы зәрүрлиги;

- коронавирус инфекциясына ПШР тест нәтийжеси бойынша терис көрсеткишке ийе мағлыўматнамасы болмағанда, аэропорт, темир жол вокзаллары ҳәм шегарадан өткериў пунктлеринде шөлкемлестирилген коронавирус инфекциясына экспресс тест тапсырыўы шәрт екенлиги белгиленди.

Сондай-ақ, Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, Австралия, Австрия, Бельгия, Уллы Британия, Германия, Дания, Израиль, Италия, Нидерландия, Чехия ҳәм Мыср мәмлекетлери аймағынан Өзбекстан Республикасы аймағына кирип келетуғын жолаўшылар жоқарыдағы талаплар орынланғаннан соң елимиз аймағына кирип келген күннен баслап он күн даўамында мәжбүрий үй карантини ямаса өз есабынан мийманханаға карантинге орналастырылады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...