Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.12.2021 13:54
  • 1035

Районларда блок-постлар орнатылыўы ҳаққындағы хабарларға анықлық киргизилди

Районларда блок-постлар орнатылыўы ҳаққындағы хабарларға анықлық киргизилди

Социаллық тармақларда Өзбекстан Республикасы Жәмийетлик қәўипсизлик концепциясына муўапық, районларда блок-постлар орнатылыўы ҳаққында жалған мағлыўматлар тарқалмақта.

ӨзР Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, «Өзбекстан Республикасы жәмийетлик қәўипсизлик концепциясын тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте 2022-жыл 1-мартқа шекем тастыйықланған нормаларға тийкарланып жергиликли бюджет есабынан кеминде бир районлар аралық патруль-пост бөлимшелери шөлкемлестирилиўи белгиленген.

Социаллық тармақ белсендилеринен хабарды өзгертип талқыламаўын ҳәм рәсмий мағлыўмат алыў ушын ишки ислер уйымлары мәлимлеме хызметлерине мүрәжат етиўин сораймыз, деп жазылған хабарда.

Мәлим болыўынша, бул хабарларды тарқатып атырғанлар пәрманның текстин өзгертип талқыламақта. ӨзР Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызмети баслығы Ш.Ғиёсовтың атап өтиўинше, районлар аралық патруль-пост бөлимшелери бир жерде турып қадағалаў алып бармайды.

«Пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын қосымша патрульлестириў ушын жергиликли бюджет есабынан бөлимшелер бириктириледи. Олар транспортта ямаса атларда ҳәрекетленип, патрульлик хызмет алып барады ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлейди. Ўәлаятлардың арасы узақ. Сол себепли олар бир аймаққа бириктирилип қоймастан, жумысларын районлар арасында әмелге асырады»,-деп айтып өткен Ш.Ғиёсов «Қалампир» басылымына.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда