Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.12.2021 15:15
  • 726

3-декабрь – Халықаралық майыплар күни. Майыплығы болған адамлар қандай ҳуқықларға ийе?

3-декабрь – Халықаралық майыплар күни. Майыплығы болған адамлар қандай ҳуқықларға ийе?
Өзбекстан Республикасының «Майыплығы болған адамлардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы нызамына муўапық:

- Шөлкемлер майыплығы болған адамлардың спорт объектлери, дем алыў, сондай-ақ, туристлик объектлерден бийпул пайдаланыўын тәмийинлеў ушын зәрүр шараятларды жаратады;

- Мәмлекет майыплығы болған адамларға, пуқараларға бийпул медициналық жәрдем көрсетиўдиң мәмлекетлик кепилликлери бағдарламасы шеңберинде қәнигели медициналық жәрдем көрсетилиўи бойынша илажларды әмелге асырады;

- Мәмлекет майыплығы болған балалардың бийпул улыўма орта, мектептен тыс, орта арнаўлы ҳәм профессионал билим алыўына кепиллик береди;

- Майыплығы болған адамлар ушын жоқары оқыў орынларында мәмлекетлик грант тийкарында абитуриентлерди қабыллаў бойынша улыўмалық санының 2 проценти муғдарында қосымша қабыллаў квотасы ажыратылады;

- Майыплығы болған адамлар санаторий-курортта бийпул саламатластырыў, сондай-ақ, дәри-дармақлар, майыплығы болған адамларды емлеў ушын арналған медициналық буйымлар және майыплығы болған балалар ушын арнаўлы емлик қәсийетке ийе азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлениў ҳуқықына ийе;

- Майыплығы болған адамлар жеңиллестирилген шәртлер тийкарында социаллық турақ жай алыў ҳуқықына ийе;

- Мийманханаларда кеминде бир бөлме орынлы арбашадан пайдаланатуғын майыплығы болған адамлар ушын қолайлы етип үскенелениўи, сондай-ақ, еситиў ҳәм көриў бойынша майыплығы болған адамлар ушын дисплейлер және даўыслы қурылмалар орнатылыўы шәрт;

- Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары майыплығы болған адамларға жергиликли бюджет қаржылары есабынан қосымша социаллық кепилликлер белгилеў ҳуқықына ийе.

Таярлаған: Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған