Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.12.2021 12:19
  • 830

Нөкис қаласы әтирапындағы қумлы жерлерге сексеўил нәллери отырғызылды (+фото)

Бүгин, 4-декабрь күни ерте азаннан баслап пайтахтымыз Нөкис қаласы әтирапындағы қумлы жерлерге шөлге шыдамлы өсимлик есапланатуғын сексеўил нәллери отырғызылды.

Президентимиз басламасы менен мәмлекетимизде ана тәбиятымызды қорғаў, жасыл тоғайлықларды көбейтиў, экологиялық турақлылыққа ерисиў мақсетинде елимиз бойлап даўам етип атырған «әҳмийетли 40 күнлик» шеңберинде өткерилген экологиялық акцияға мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў уйымлары, мәкан пуқаралар жыйынлары ўәкиллери, жасыүлкен нураныйлар, мәкеме ҳәм кәрханалардың хызметкерлери, жоқары оқыў орынларының жәмәәти және студент-жаслары белсене қатнасты.

Хабарыңыз бар, мәмлекетимиз басшысы Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен Арал теңизиниң суўы тартылған аймақларында 2018-жылдан берли «жасыл қапламалар» қорғаныў тоғайлықларын пайда етиў бойынша кең көлемли тарийхый жумыслар алып барылмақта. Быйылғы жылға шекем улыўма 1,6 миллион гектар майданда «жасыл қапламалар» пайда етилген болса, келеси бес жыллықта да бундай жумыслар даўам еттирилип, Аралбойы аймақларында 1 миллион гектарға шөл өсимликлерин егиў жобаластырылған.

- Елимизде «әҳмийетли 40 күнлик» шеңберинде экологиялық ҳәм климатлық шараятларды есапқа алған ҳалда терек ҳәм шөлге шыдамлы басқа да өсимлик нәллерин отырғызыў жумыслары қызғын руўхта даўам етпекте. Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты профессор-оқытыўшылары, студентлери ҳәм барлық хызметкерлери усы акция шеңберинде айрықша белсендилик көрсетип, усы күнге шекем 12 мыңға шамалас терек нәллерин отырғызыўға еристик. Усы бағдардағы жумысларымыз, әлбетте, еле де даўам етеди. Өйткени, буның барлығы бүгинги ҳәм келешек әўладларға үлгили жумыслар болып, экологиялық машқалалардың алдын алыўға өз тәсирин тийгизиўи сөзсиз, - дейди НМПИ жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Қ.Қодиров.

Нөкис қаласы әтирапында қум ҳәрекетлериниң алдын алыў, қум боранларының унамсыз тәсирин сапластырыў мақсетинде «Жасыл белбеў» пайда етиў жумыслары даўам етеди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин. Бул бойынша нызам жойбары жәмийетшиликтиң...

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...