Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.12.2021 14:43
  • 689

«Ташкент-Қоңырат» жөнелиси бойынша қосымша поезд қатнаўы жолға қойылады

«Ташкент-Қоңырат» жөнелиси бойынша қосымша поезд қатнаўы жолға қойылады
Жаңа жыл байрамы алдынан, 2021-жылдың декабрь айында жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде «Ташкент-Қоңырат» жөнелисинде 5604-санлы қосымша поезд қатнаўы жолға қойылады. Бул ҳаққында Ташкент регионаллық темиржол узели хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, ҳәрекетлениў кестесине муўапық поезд 7-, 10-, 14-, 17-, 21-, 24-декабрь күнлери саат 23:20 да Ташкент орайлық темиржол вокзалынан улыўма алты мәрте қатнаўды әмелге асырады.

Атап өтилиўинше, поезд Самарқанд, Бухара темиржол вокзалларында да тоқтап өтеди.

Билетлерди темиржол кассаларынан, сондай-ақ, «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң e-ticket.railway.uz сайтынан электрон тәризде де сатып алыў мүмкин.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында