Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.12.2021 14:59
  • 809

Ҳәким жәрдемшилери қанша мийнет ҳақы алатуғыны мәлим болды

Ҳәким жәрдемшилери қанша мийнет ҳақы алатуғыны мәлим болды
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанның барлық аймақларында ҳәким жәрдемшилери сайлап алынған болып, олар 2022-жылдың 1-январынан баслап мәкан пуқаралар жыйынларында жумыс баслайды.

Мәлим болыўынша, ҳәким жәрдемшилериниң айлық мийнет ҳақы муғдары олар бириктирилген мәкан пуқаралар жыйынларындағы шаңарақлардың санына сәйкес түрде белгиленеди:

- шаңарақлар саны 500 ге шекемги болған мәкан пуқаралар жыйынында – 4 миллион 932 мың сум;
- шаңарақлар саны 501 ден 1000 ға шекемги болған мәкан пуқаралар жыйынында – 5 миллион 343 мың сум;
- шаңарақлар саны 1000 нан аслам болған мәкан пуқаралар жыйынында – 5 миллион 754 мың сум.

Ҳәким жәрдемшилерине төленетуғын орташа айлық мийнет ҳақы муғдары талабанның усы лаўазымға жумысқа қабыл етилгенге шекемги алдынғы жумыс орны бойынша орташа айлық мийнет ҳақы муғдарынан кем болған жағдайда жетиспеген бөлеги Ҳәким жәрдемшилериниң жумысларын қоллап-қуўатлаў қоры есабынан компенсацияланып барылады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте