Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.12.2021 13:38
  • 742

Төрткүлде жер ажыратып бериў ушын исбилерменнен 7 000 доллар алған алдаўшы усланды

Төрткүлде жер ажыратып бериў ушын исбилерменнен 7 000 доллар алған алдаўшы усланды
Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм МҚХның Төрткүл районлық бөлимлери тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын қорғаў бойынша өткерилген оператив илажда пуқара У.С. алдаўшылық жолы менен нызамға қайшы дәрамат арттырыў мақсетинде пуқара С.ға таныслары арқалы дүкан қурыўы ушын жер майданын алып бериўин ўәде етип, оған район аймағынан «Эко базар» қурылысы ушын 75 квадрат метр жер майданы ажыратылғаны ҳаққындағы район ҳәкиминиң жалған бийлигин берип, оның есесине 7 000 АҚШ долларын алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланған.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық), 28-, 211-статьясы (пара бериў) ҳәм 228-статьясы (ҳүжжетлер, штамплар, мөрлер, бланкалар таярлаў, оларды қәлбекилестириў, сатыў ямаса олардан пайдаланыў) тийкарында жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған