Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.12.2021 18:12
  • 2541

Қарақалпақстанда жаңа қус түри анықланды

Қарақалпақстанда жаңа қус түри анықланды
Қарақалпақстан Республикасында самал электр станциясын қурыў бойынша инвестициялық жойбар шеңберинде бәҳәрги мониторинг ўақтында усы аймақта алдын ушыраспаған жаңа қус түри – шөл суўықторғайы (Trumpeter Finch Bucanetes githagineus) анықланды, деп жазбақта ӨзР Энергетика министрлиги баспасөз хызмети.

Атап өтилиўинше, Энергетика министрлиги жойбарлардың қоршаған орталыққа тәсирин үйрениў бойынша еки басқышлы қәўип анализин өткереди. Биринши басқышта Халықаралық раўажланыў институтлары (Жәҳән банки, Халықаралық қаржы корпорациясы, Азия раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки) жәрдеминде министрлик дерлик бир жыл даўамында мағлыўматларды топлайды. Бунда тек ғана жойбар ушын ажыратылған аймақта емес, соның менен бирге, 50 километрлик радиуста да үйрениў жумыслары алып барылады.

Ҳәзирги ўақытта қуслар, жарғанатлар, жербаўырлаўшылар ҳәм басқа ҳайўанлардың саны және түрлери үйренилмекте. Сондай-ақ, өсип атырған өсимликлер ҳәм жер асты суўлары да бақлап барылады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында