Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.12.2021 20:23
  • 932

Журналистика тәлим бағдары студентлери ушын фотожурналистика бойынша шеберлик сабағы болып өтти

Журналистика тәлим бағдары студентлери ушын фотожурналистика бойынша шеберлик сабағы болып өтти

Усы жылдың 22-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 1-курс студентлери менен Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң Қарақалпақстан бойынша фотохабаршысы Мақсет Ҳабибуллаев пенен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўдан мақсет студент жаслардың журналистикаға, соның ишинде фотожурналистикаға болған қызығыўшылығын арттырыў, тараўдың өзине тән қыйыншылықлары ҳәм фотожурналистке қойылатуғын талаплар менен таныстырыў еди. 10 жылға шамалас ўақыттан берли фотожурналистика тараўында ислеп киятырған журналист пенен ушырасыў қызықлы ҳәм мазмунлы өтти. Студентлер өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алып, Мақсет Ҳабибуллаевтың өмири ҳәм кәсиплик хызмети, фотожурналистиканың әмелияттағы көриниси туўралы көплеген мағлыўматларға ийе болды.

Журналистика тәлим бағдары студентлери ушын фотожурналистика бойынша шеберлик сабағы болып өтти
Журналистика тәлим бағдары студентлери ушын фотожурналистика бойынша шеберлик сабағы болып өтти

Перуза Яқупбаева
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған