Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.12.2021 17:33
  • 760

Студентлердиң оқыўын көшириў бәҳәрги семестрден бурын да әмелге асырылыўы мүмкин. Егер…

Студентлердиң оқыўын көшириў бәҳәрги семестрден бурын да әмелге асырылыўы мүмкин. Егер…
Студентлердиң оқыўын көшириў төмендеги кеширимли себеплерге байланыслы бәҳәрги семестрден бурын да әмелге асырылыўы мүмкин:

- республиканың бир аймағынан екинши аймағына турақлы жасаў ушын көшкенде;
- турмысқа шығыў мүнәсибети менен өмирлик жолдасы турақлы жасайтуғын аймаққа көшип өткенде;
- өмирлик жолдасы ямаса ата-анасы әскерий хызметти атқарыў орнын өзгерткенде;
- ата-анасы (өмирлик жолдасы) сырт елдеги мәмлекетлик хызметинен қайтқанда.

Бунда:

- оқыўын көшириў бойынша арза тапсырыў – ҳәр жылы 20-декабрьден келеси жылдың 20-январына шекем;
- оқыўын көшириў бойынша арзаны көрип шығып, қарар қабыл етиў – ҳәр жылы 25-январьдан 15-февральға шекем әмелге асырылады.

Арзалар:

- оқыўын көшириў бир жоқары оқыў орны (ЖОО) шеңберинде болғанда ЖООның қабыллаў комиссиясына тапсырылады;
- басқа жағдайларда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилетуғын Аймақлық жумысшы топарларға тапсырылады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...