Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.12.2021 17:58
  • 620

«Қысқы перевод» бойынша рәсмий мағлыўмат берилди

«Қысқы перевод» бойынша рәсмий мағлыўмат берилди
2021-2022-оқыў жылының бәҳәрги семестринде кеширимли себеплерге байланыслы оқыўын көшириў ҳаққындағы арзаларды қабыллаў бойынша аймақлық жумысшы топарлардың жумыслары жолға қойылды. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

Аймақлық жумысшы топарлар 2022-жылдың 20-январь күнине шекем (сол күни де) саат 09:00 ден 17:00 ге шекем (екшемби ҳәм байрам мүнәсибети менен белгиленген сәнелер – дем алыс күни, шемби күни – саат 09:00 ден 15:00 ге шекем) жумыс алып барады.

Белгиленген режеге муўапық, пуқаралар бәҳәрги семестрде төмендеги кеширимли себеплерге байланыслы аймақлық жумысшы топарларға арза тапсырыўы мүмкин.

2021-2022-оқыў жылы даўамында:

- республиканың бир аймағынан екинши аймағына турақлы жасаў ушын ямаса турмысқа шығыўына байланыслы өмирлик жоласы турақлы жасайтуғын (турақлы дизимге алынған) аймаққа көшип өткенде;

- өмирлик жолдасы ямаса ата-анасы әскерий хызметти атқарыў орнын өзгерткенде;

- ата-анасы (өмирлик жоласы) сырт елдеги мәмлекетлик хызметинен қайтқанда.

Усы себеплерден басқа жағдайларда пуқаралар оқыўын көшириў бойынша улыўмалық тәртипте ҳәр жылы 15-июльдан 5-августқа шекем арза менен мүрәжат етиўи мүмкин.

Оқыўын қайта тиклеў бойынша (көширип тиклеў буған кирмейди) арзалар студенттиң шетлетилгенине неше жыл болғанына қарамастан тиккелей тийисли жоқары оқыў орнына тапсырылады.

Оқыўын көшириў ҳаққындағы арзалары қабыллаў бойынша Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынлары ушын аймақлық жумысшы топар Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде шөлкемлестирилген болып, жумысшы топарға +99861 223-59-52, +99861 223-58-31 телефон номерлери арқалы мүрәжат етиў арқалы қосымша мағлыўматларға ийе болыўыңыз мүмкин.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз