Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.12.2021 18:09
  • 1009

Буннан былай транспорт басқарыў гүўалығын алыў аңсат болмайды

Буннан былай транспорт басқарыў гүўалығын алыў аңсат болмайды
ӨзР Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасы транспорт басқарыў гүўалығын алыў нийетинде жүрген пуқараларға мүрәжат етти.

Атап өтилиўинше, буннан былай транспорт басқарыў гүўалығын алыў ушын оқыў ўақтында шынығыўларға қатнаспаў, улыўма оқымай жүриў қымбатқа түседи. Өйткени, ендигиден былай транспорт басқарыў гүўалығын алыў ушын тапсырылатуғын теориялық ҳәм әмелий имтиханлар исбилерменлик субъектлери тәрепинен инсан факторы шекленген, автоматластырылған автодромда ҳәм имтихан алыў бөлмелеринде өткерилиўи жолға қойылмақта.

Бул система инсан факторы толық шекленген, автоматластырылған бағдарлама жәрдеминде транспорт басқарыўшылығына талабанлардың оқыў мәкемесине келип-кетиўин, сабақларға ҳәм шынығыўларға қатнасыўын, ишки имтиханлардан өткен ямаса өтпегенлигин толық қадағалаўды әмелге асырып, жуўмақлаўшы теориялық және әмелий имтиханларға рухсат береди.

«Умытпаң, имтиханлардан өтиў ушын бир ғана имканиятыңыз бар – бул болса жақсы оқыў, жол ҳәрекети қағыйдаларын пуқта өзлестириў ҳәм автомототранспорт қуралын басқарыўды жақсы меңгериў болып табылады.

Зәрүр көнликпеге ийе болмастан, коррупциялық жоллар арқалы транспорт басқарыў гүўалығын алыў ҳаққында ойлаў буннан былай илажсыз ҳәм надурыс қарар екенлиги ҳаққында ескертемиз», - деп жазылған ЖҲҚББ хабарында.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...