Telegram karinform

Мәденият

  • 16.12.2017 03:28
  • 2372

Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының 90 жыллық юбилейи болып өтти



Бүгин, 15-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында театрдың 90 жыллық юбилей кешеси өткерилди. Күнниң биринши ярымында юбилей қатнасыўшылары менен И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине барды. Күнниң екинши ярымында болса, театрда юбилей кешеси болып өтти. Онда Өзбекистанға белгили көркем өнер ғайраткерлери, ўәлаятлардағы театрлардың директорлары, актёр ҳәм актрисалар қатнасты. Олардан Мирза Азизов, Убайдулла Омон, Фатхулла Маъсудов, Ёдгор Саъдиев, Хайрулла Саъдиев, Ёқуб Ахмедов ҳ.т.б.лар қатнасып, театр жәмәәтин юбилей менен қутлықлады. Әсиресе, Ёдгор Саъдиевтың «Мениң жигит ўақтым, сениң қыз ўақтың» қосығын, Фатхулла Маъсудовтың «Отмагай тонг» қосығын атқарыўы, сондай-ақ, театр репертуарындағы пъесалардан «Алпамыс», «Ғәрип ашык», «Қырық қыз», «Едиге» дәстанлары ҳәм «Ынжықтың муҳаббаты» пъесаларынан үзиндилердиң қойылыўы тамашагөйлерди қуўанышқа бөледи.
Қарақалпақстан Республикасынан Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры ҳәм жас тамашагөйлер театры актёр ҳәм актрисалары өзлериниң өнерлери менен қатнасты.



Сондай-ақ, бир қатар актёр, актрисалар ҳәм театрда ислеўши мийнет жәмәәтиниң хызметкерлери Қарақалпақстан Республикасы Мәденият Министрлиги тәрепинен ҳүрметли атақ, ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында