Telegram karinform

Мәденият

  • 05.01.2022 13:21
  • 1019

Китап жаңалығы: «Қабуснама» қарақалпақ тилинде қайта баспадан шықты

Китап жаңалығы: «Қабуснама» қарақалпақ тилинде қайта баспадан шықты

Өзиниң дидактикалық қунлылығы менен пүткил дүньяға белгили Кәйқаўыстың «Қабуснама» шығармасы қарақалпақ тилинде қайтадан баспа жүзин көрди.

Бул шығарма ең дәслеп филология илимлериниң кандидаты, доцент Қ.Исмайылов тәрепинен қарақалпақ тилине аўдарылып, 1987-1991-жылларда еки мәрте баспадан шыққан еди. Сол аўдарма тийкарында 2018-жылы «Әмиўдәрья» журналының бирқатар санларында да жәрияланды.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Аллаяр Дәрменовтың аўдармасындағы «Қабуснама»да пикирлер алдынғы аўдармаға салыстырғанда толығырақ, кеңирек берилген. Себеби, ески дүзим дәўириндеги айырым айтылыўы қадаған етилген пикирлер дәслепки аўдармаға кирмей, ҳәтте бирнеше баплар да толығы менен түсирилип қалдырылған еди.

«Қабуснама» жәми 1000 нусқада Ташкент қаласындағы «Ёш авлод матбаа» баспасынан басылып шықты. Оны шығарыўда Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тиккелей қәўендерлик етти.

Арадан он әсир өтсе де елеге дейин дүньяның ең баҳалы шығармалары қатарында сүйип оқылатуғын, жәми 44 баптан ибарат «Қабуснама» қарақалпақ китап оқыўшыларын тағы да қуўантатуғыны сөзсиз.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.