Telegram karinform

Сиясат

  • 06.01.2022 11:26
  • 895

Қазақстандағы ўақыялар бойынша Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң билдириўи жәрияланды

Қазақстандағы ўақыялар бойынша Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң билдириўи жәрияланды
Туўысқан Қазақстанда жүз берип атырған соңғы ўақыялар Өзбекстанда қәўетерлениў менен қабыл етилип, бул мәмлекеттеги жағдайдың раўажланыўы дыққат пенен бақлап барылмақта.

Данышпан Қазақстан халқы мәмлекетте турақсызлық ҳәўиж алыўына, зорлық ҳәм адамлар арасында қурбанлар пайда болыўына жол қоймайтуғынына исенемиз.

Қазақстан халқы өз ара аўызбиршиликти сақлаў, мәмлекетте тынышлық ҳәм татыўлықты тиклеў, сондай-ақ, пайда болып атырған машқалаларды өзи еркин шешиў ушын жетерли исеним ҳәм ерк-ықрарға ийе екенлигине исенемиз.

Өзбекстан Қазақстан халқы ҳәм администрациясының мәмлекеттиң турақлылығын және раўажланыўын, миллет абаданлығын тәмийинлеў жолында алып барып атырған ҳәрекетлерин шексиз қоллап-қуўатлайтуғынын және бир мәрте тастыйықлайды.

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң баспасөз хызмети.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...