Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.01.2022 11:46
  • 584

Нөкистен Ақтөбеге, Ташкенттен Алматыға әмелге асырылатуғын авиарейслер бийкар етилди

Нөкистен Ақтөбеге, Ташкенттен Алматыға әмелге асырылатуғын авиарейслер бийкар етилди
«Uzbekistan Airways» компаниясы 2022-жыл 6-январьға жобаластырылған HY9729/9730 Нөкис-Ақтөбе-Нөкис ҳәм HY763/764 Ташкент-Алматы-Ташкент жөнелислери бойынша авиарейслериниң жетип баратуғын аэропортларының техникалық себеплерине байланыслы бийкар етилгенин мәлим етти.

Усы жөнелислер бойынша пәрўазларды әмелге асырыў күнлери ҳаққында қосымша мағлыўмат бериледи.

Жолаўшылар 6-январь күни Алматы ҳәм Ақтөбеге бийкар етилген пәрўазлар авиабилетлериниң толық баҳасын билет сатып алынған жерден қайтарып алыўы ямаса басқа сәнеге бийпул қайта бронлаў ҳуқықына ийе екенлиги ескертип өтилген.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў