Telegram karinform

Сиясат

  • 11.01.2022 10:50
  • 873

Қазақстан Республикасы ҳүкимети басшысы тайынланды. Тоқаев КҚШШ контингенти мәмлекеттен қашан шығарылыўын мәлим етти

Қазақстан Республикасы ҳүкимети басшысы тайынланды. Тоқаев КҚШШ контингенти мәмлекеттен қашан шығарылыўын мәлим етти
Бүгин, 11-январь күни болып өтип атырған Қазақстан Республикасы Парламенти Мәжилисиниң жыйналысында президент Қасым-Жомарт Тоқаев ҳүкимет басшысы лаўазымына Әлихан Смайылов кандидатурасын усынды. Бул ҳаққында «Қазақпарат» агентлиги хабар берди.

Солай етип, Қазақстан Республикасы бас министри лаўазамына Әлихан Смайылов тайынланды.

Еслетип өтемиз, президент Қасым-Жомарт Тоқаев тәрепинен 5-январь күни тастыйықланған Қазақстан ҳүкиметиниң отставкасы ҳаққындағы қарарға муўапық бас министрдиң биринши орынбасары Әлихан Смайылов бас министр ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланған еди.

Сондай-ақ, жыйналыста Қазақстан президенти Коллектив қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеминиң мәмлекеттеги миссиясы нәтийжели жуўмақланғанлығы, контингентти шығарыў еки күннен кейин басланатуғынлығы ҳәм бул процесс 10 күннен аспайтуғынлығын мәлим етти.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал